ИНКЛЮЗИВ ҲУҚЫҚИЙ МӘДЕНИЯТТИ ЖЕТИЛИСТИРИЎ – ӘҲМИЙЕТЛИ ҚӘДЕМ - Сўнги хабарлар

ИНКЛЮЗИВ ҲУҚЫҚИЙ МӘДЕНИЯТТИ ЖЕТИЛИСТИРИЎ – ӘҲМИЙЕТЛИ ҚӘДЕМ

Өзбекистан Майыплар ассоциациясының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен БМШның Раўажланыўдыў бағдарламасы финанслық көмеги жәрдеминде «Арал бойы аймағында инклюзив ҳуқықый мәдениятти жетилистириў» атамасындағы грант жобары әмелге асырылмақта.

Жойбар шеңберинде Нөкис қаласы, Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек, Шымбай, Хожели, Әмиўдәрья ҳәм Нөкис районларындағы социалық қорғаўға мүтәж болған халық қатламлары, сондай-ақ, майыплығы болған шахслар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың ҳуқықый саўатлығын арттырыўға қаратылған семинар-тренинглер шөлкемлестирилип, онда қатнасыўшыларға майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары, социалық қорғаў, реабилитация ҳәм протезлеў, майыплықты электрон тәризде белгилеў, социалық хызметлерден пайдаланыўдың тәртиби бойынша кең түрде ҳуқықый түсиниклер берилмекте. Атап айтқанда, «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери», «Сақаўат ҳәм көмек» системалары арқалы социалық жәрдем алыў, зәрүр социалық хызметlerden пайдаланыў, мүрәжатларды рәсмийлестириў ҳәм мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў тәртиби түсиндирилмекте.

Илажлар даўамында майыплығы болған шахслар ушын нызамшылықта белгиленген салық жеңилликлерине де айрықша итибар қаратылып, балалығынан майыплығы болған шахслар ҳәм I-II топар майыплығы болған шахслардың ҳәр айлық дараматының белгиленген белеги, яғный, мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының үш есесине шекем болған бөлегинең даримат салығынан азат етилиўи ҳаққында мағлыўмат берилмекте. Сондай-ақ, I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар ушын жер салығы бойынша белгиленген жеңилликлер, олардан пайдаланыў тәртиби ҳәм зәрүр ҳүжжетлер ҳаққында түсиниклер берилмекте.

Жасларды социалық қоллап-қуўатлаў мәселеси де семинар-тренинглердин әҳмийетли бағдарларының бири болып табылады. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 7-июньдеги 312-санлы қарары тийкарында «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға, емлениўге мүтәж жаслардың операциясыз емлениў ҳәм операция қәрежетлерин қаплаў, кәсиплик билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериндеги контракт төлеми қәрежетлерин қаплаў, исбилерменлик ҳәм кәсип-өнерге оқытыў, айдаўшылық курсларында оқыў, социалық қорғаўға мүтәж жас шаңарақлардың түрақ жай ижарасы қәрежетлерин қаплаў сыяқлы имканиятлар берилген. Сондай-ақ, майыплығы болған жаслардың паспорт дереклерине қатнасыўы ушын жол ҳақы қәрежетлерин қаплаў ҳәм тағы басқа социалық жәрдем түрлеринен пайдаланыў тәртиби де белгиленген.

Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 1-июльдеги 405-санлы қарары тийкарында майыплығы болған шахсларды жумыс пенен тәмийинлеў, олардың мийнет ҳуқықларын жүзеге шығарыў ҳәм жумыс орынларында зәрүр шәраятлар жаратыў бойынша жаңа имканиятлар түсиндирилип, I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларды кеминде үш ай даўамында рәсмий жумыс пенен тәмийинлеген мийнет ҳақы төленген белгиленген муғдарда мийнет ҳақы төленген исбилерменлик субъектлерине 500 млн. сумға шекем субсидия ажыратыў механизми жаратылған. Майыплығы болған хызметкерлердин нәтийжели мийнет етиўи ушын сурдодилмаш, психолог ҳәм шериклик хызметлерин шөлкемлестириў қәрежетлерин қаплаў мақсетинде исбилерменлик субъектлерине 50 млн. сумға шекем субсидия ажыратылады.

«Инсан» социалық хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилип атырған хызметлер де семинар-тренинглерде кең түрде жарытылып, онда майыплығы болған шахслардың индивидуаL мүтәжликлерин үйрениў, социалық хызметкер хызмети, үй қүтими, күндизи ҳәм стационар социалық хызметлер, социалық-турмыслық ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиў, реабилитацияға бағдарлаў, протез-ортопедия буйымлары ҳәм техникалық реабилитация қуралларын алыўға көмеклесиў мәселелери бойынша да семинарда түсиниклер берилмекте. Сондай-ақ, социалық хызметлерге мүтәж пуқаралардың жасаў шәраятын үйрениў, индивидуал социалық хызметлер режесин дүзиў ҳәм зәрүр хызметлерди шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында мағлыўмат берилип, пуқаралардың «Инсан» орайлары, мәҳәллеге бириктирилген социалық хызметкерлер яки 1140 қысқа номери арқалы мүрәжат етиў имканиятлары да атап өтилмекте.

Әлбетте, ҳуқықый мағлыўматқа ийе болған пуқара өз ҳуқықын жақсы биледи. Өз ҳуқықын билген инсан болса, оны қорғаў ҳәм нызамшылықта белгиленген имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў имканиятына да ийе болады.

Жаббар НАРБАЕВ,
Өзбекистан майыплар ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы.

 

Дерек: ЕРКИН ҚАРАҚАЛПАҚСТАН
18-ноябрь 2026-жыл СӘРШЕНБИ №115 (21449)

<< Олдинги саҳифага қайтиш